Qoraqalpog'iston Respublikasi Oliy ta’lim, fan va innovatsiyalar vazirligi

  • Home
  • Uzbekistan
  • Nukus
  • Qoraqalpog'iston Respublikasi Oliy ta’lim, fan va innovatsiyalar vazirligi

Qoraqalpog'iston Respublikasi Oliy ta’lim, fan va innovatsiyalar vazirligi Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarı bilimlendiriw, ilim hám innovaciyalar Ministrligi

06/02/2026

Texnikum o‘quvchilari sport musobaqalarida faol qatnashmoqda

Qoraqalpoq davlat universitetida “Barkamol avlod – 2025” sport musobaqalari doirasida voleybol sport turi bo‘yicha Respublika final bosqichi bo‘lib o‘tmoqda.

Respublikaning turli hududlaridan tashrif buyurgan akademik litseylar va kasbiy ta’lim muassasalarining 150 nafardan ortiq iqtidorli o‘quvchi-yoshlari mazkur final bosqichida g‘oliblik uchun o‘zaro kuch sinashmoqda.

📌 Ma’lumot uchun, ushbu musobaqa akademik litsey va kasbiy ta’lim muassasalari o‘quvchilari o‘rtasida 2025-yilning noyabr oyidan 2026-yilning may oyiga qadar o‘tkazilishi rejalashtirilgan. Bu yoshlar o‘rtasida sog‘lom turmush tarzini targ‘ib qilish, sportga bo‘lgan qiziqishni oshirish hamda iqtidorli sportchilarni aniqlashga xizmat qiladi.

06/02/2026




Berdaq atındaǵı Qaraqalpaq mámleketlik universiteti sport bazasında voleybol boyınsha er balalar arasında «Bárkamal áwlad – 2025» sport jarıslarınıń Ózbekstan Respublikası final basqıshı oyınlarınıń ashılıw máresimi bolıp ótti.

🎥 Qaraqalpaqstan telekanalı: «Xabar» informaciyalıq baǵdarlaması.

Usı jıldıń 27-noyabrinen 4-dekabrine shekem Rossiya Federaciyasınıń Sankt-Peterburg qalasında professional bilimlendiriw...
06/12/2025

Usı jıldıń 27-noyabrinen 4-dekabrine shekem Rossiya Federaciyasınıń Sankt-Peterburg qalasında professional bilimlendiriw mákemeleri arasında "Professionallar" chempionatınıń finalı ótkerildi.

Onda Ózbekstan Respublikası professional bilimlendiriw shólkemleri arasında Beruniy Agrotexnologiyalar texnikumınan ustaz ekspert Atxam Tangirbergenov hám oqıwshı Nursultan Rustambaev chempionatta metallarǵa islew beriw baǵdarında tabıslı qatnastı. Bul kásiplik sheberlik chempionatında jámi 41 mámleket wákilleri 27 kompetenciya boyınsha bellesti.

Qaraqalpaqstan Respublikası Beruniy Agrotexnologiyalar texnikumınıń oqıwshısı Nursultan Rustambaev, ustazı Atham Tangirbergenov "Metallarǵa islew beriw" kompetenciyası boyınsha final basqıshında berilgen úsh ámeliy tapsırmanı tolıq orınladı. Nátiyjede Nursultan Rustambaev abıraylı xalıqaralıq chempionattıń finalında sıylı 2-orındı qolǵa kirgizdi hám xalıqaralıq diplomǵa iye boldı.

Qatnasıwshılar saltanatlı túrde kútip alındı. Aytıp ótiw orınlı, N.Rustambaev bul jetiskenlikke erisiw arqalı Qaraqalpaqstanǵa professional bilimlendiriw mákemeleri boyınsha birinshi xalıqaralıq medaldı alıp keldi.

2026-жылы кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў бағдарында әмелге асырылатуғын ис-илажлар  ҳәм уазыйпалар көрип шығылды...
03/12/2025

2026-жылы кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў бағдарында әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳәм уазыйпалар көрип шығылды

Усы жыл 3-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинде «Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик билимлендириў агентлиги жумысын 2026-жылда раўажландырыў бағдарында әмелге асырылатуғын ис-илажлар» атамасында мәжилис болып өтти.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри А.Аяпов 2026-жылда кәсиплик билимлендириў агентлиги жумысын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылатуғын ис-илажлар, режелер ҳәм алдағы ўазыйпалар менен бир қатарда заманагөй педагогикалық кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў, оқыў процессинде инновациялық технологияларды кеңнен қолланыў ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтти.

Сондай-ақ, Кәсиплик билимлендириў шөлкемлеринде басшы ҳәм педагог кадрлардың кәсиплик компетентлигин раўажландырыў, оқыў-методикалық тәмийнатын күшейтиў, билимлендириў процесин нәтийжели шөлкемлестириў, халықаралық билимлендириў бағдарламаларын енгизиў бойынша мәселелер де атап өтилди.

Соның менен бирге, мәжилисинде қатнасыўшылардыӊ пикир-усыныслары да тыӊланды.

Министрликтиң хызметкерлери қатнасыўында илаж өткерилди9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни мүнәсибети...
03/12/2025

Министрликтиң хызметкерлери қатнасыўында илаж өткерилди

9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен барлық орынларда илажлар шөлкемлестирилмекте.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинде усы мәселеге бағышланған илаж болып өтти.

Илажда министр А.Аяпов коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар сондай-ақ, коррупциялық жағдайлардың алдын алыў, жәмийетшилик арасында коррупцияның унамсыз ақыбетлери, мәнаўий турмысымызға қәўип салатуғын, әсиресе, билимлендириў сапасының төменлеўине, усы тараўдыӊ раўажланыўына тосқынлық ететуғын иллет екенлигин айтып өтип, бәршени бундай иллетлерден аўлақ жүриўге шақырды.

Илаж даўамында министрликтиң Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бас қәнигеси Қ.Яқупов шығып сөйлеп, коррупция жынаятының түсиниги, бул жаман иллеттиң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша усынысларын билдирди ҳәм ҳәр бир хызметкердиң ўатанға, өз кәсибине болған сүйиспеншилигин беккемлеў, ҳәр түрли унамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў ҳәр бир хызметкердиң ўазыйпасы екенлигин айтып өтти.

Соның менен бирге қатнасыўшылардың тараўда коррупцияның алдын алыў бағдарындағы илажлардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 33 жыллығына бағышланған илаж болып өттиБүгин Қарақалпақстан Респ...
03/12/2025

Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 33 жыллығына бағышланған илаж болып өтти

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинде 8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күни мүнәсибети менен илаж өткерилди.

Илажда дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри А.Аяпов илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Илажда министр А.Аяпов Өзбекстан Республикасы Конституциясының мазмуны, оның турмысымызда тутқан орны, инсанлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўдеги әҳмийети, сондай-ақ, соңғы жыллары жоқары билимлендириў, атап айтқанда, кәсиплик билимлендириў тараўында жаратылып атырған шараятлар ҳәм имканиятлар ҳаққында айтып өтти.

Бул салтанатлы күн ҳәр бир пуқара ушын оғада әҳмийетли есапланады. Себеби, Конституциямыз – Ғәрезсизлигимиздиң беккем ҳуқықый таянышы, пуқаралар ҳуқықларының тийкарғы кепили болып есапланады.

 #Форум  #Самарқанд 🇺🇿🇯🇵 Самарқандта Өзбекстан ҳәм Япония ректорлары форумы басландыБүгин Самарқандта Өзбекстан ҳәм Япон...
30/10/2025

#Форум
#Самарқанд

🇺🇿🇯🇵 Самарқандта Өзбекстан ҳәм Япония ректорлары форумы басланды

Бүгин Самарқандта Өзбекстан ҳәм Японияның абырайлы жоқары оқыў орынларының басшылары, илим ғайраткерлери ҳәм қәнигелериниң қатнасыўында Бесинши Ректорлар форумы өз жумысын баслады.

Ашылыў мәресиминде Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қўнғиротбой Шарипов, Япония Билимлендириў, мәденият, спорт, илим ҳәм технологиялар министриниң орынбасары Хироши Масуко, Өзбекстан Олий Мажлиси Сенаты баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев (онлайн тәризде), Япония Республикасының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Кенжи Ҳирата, Нагоя университетиниң президенти Наоши Сугияма шығып сөйлеп, еки мәмлекет арасында илим тараўындағы бирге ислесиў нәтийжелери әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтти.

Илажға Самарқанд мәмлекетлик университети ректоры Рустам Холмуродов модераторлық етти.

 Усы жыл 29-октябрь күни Қарақалпақстан медицина институтында Ҳиндстанның “The MD House” компаниясының ўәкиллери менен у...
30/10/2025



Усы жыл 29-октябрь күни Қарақалпақстан медицина институтында Ҳиндстанның “The MD House” компаниясының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыў даўамында мийманлар институттың заманагөй материаллық-техникалық базасы, оқыў процесслери ҳәм халықаралық тәжирийбелердиң енгизилиўи менен танысып, жоқары баҳа берди.

Ҳиндстанлы бирге ислесиўшилер жақын арада илимий-изертлеў жойбарлары, профессор-оқытыўшылар алмасыўы ҳәм ҳиндстанлы студентлер ушын оқыў имканиятларын жолға қойыў тилегин билдирди.

Бул ушырасыў Қарақалпақстан медицина институтымыздың халықаралық абырайын арттырыўға қойылған әҳмийетли қәдем болып есапланады!

 #КонференцияНөкис Инновациялық технологиялар университети тәрепинен республика көлеминде илимий-әмелий конференция өтке...
30/10/2025

#Конференция

Нөкис Инновациялық технологиялар университети тәрепинен республика көлеминде илимий-әмелий конференция өткерилди

“Заманагөй билимлендириўди раўажландырыўда санлы технологиялардың орны: машқала ҳәм инновациялық шешимлер” атамасында өткерилген республикалық көлеминдеги илимий-әмелий конференцияда бир қатар рәсмийлер, проректорлар, профессор-оқытыўшылар ҳәм тараў қәнигелери шығып сөйлеп, санлы билимлендириўдиң бүгинги жағдайы, бар машқалалар ҳәм олардың инновациялық шешимлери ҳаққында өз тәжирийбелери менен ортақласты.

Буннан соң конференция 8 секция бойынша өз жумысын даўам еттирди. Ҳәр бир секцияда заманагөй билимлендириўде санлы технологияларды қолланыў бойынша әҳмийетли темалар додаланды.

Илимий-әмелий конференцияның екинши күни Инновациялық технологиялар университетинде өз жумысын қызғын түрде даўам еттирди.

Онда конференция қатнасыўшылары секцияларға бөлинип, мәлимлеме технологиялары, жасалма интеллект ҳәм кибер қәўипсизлик тараўларындағы актуал машқалалар, жасалма интеллекттен билимлендириў системасында пайдаланыўдың финанслық-экономикалық тәреплери, мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлимде заманагөй билимлендириў тенденциялары сыяқлы бағдарларда илимий додалаўлар алып барылды.

Қарақалпақстан медицина институты студентлери халықаралық көлемде жоқары нәтийжеге еристи!Усы жылдың 16-18-октябрь күнле...
30/10/2025

Қарақалпақстан медицина институты студентлери халықаралық көлемде жоқары нәтийжеге еристи!

Усы жылдың 16-18-октябрь күнлери Қазақстан медицина академиясында жас илимпазлар ҳәм студентлердиң III Халықаралық форумы болып өтти.

Бул абырайлы илаж шеңберинде өткерилген хирургиялық пәнлер бойынша III Халықаралық олимпиадада Қарақалпақстан медицина институты студентлери сыйлы нәтийжелерди қолға киргизди.

Атап айтқанда, “Десмургия” бағдарындағы таңлаўда Қарақалпақстан медицина институты студентлери Е.Абдимуратов, О.Артиқбаев ҳәм Р.Рзатаевалар өзлериниң терең билимлери ҳәм әмелий көнликпелери менен ажыралып турып, II дәрежели диплом менен сыйлықланды.

Қуўанышлысы, бул нәтийже – Қарақалпақстан медицина институты жасларының илим, инновация ҳәм халықаралық майдандағы абырайын көрсететуғын жоқары нәтийжелердиң бири есапланады.

 Өзбекстанның ЮНЕСКО менен билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларындағы кең көлемли бирге ислесиўи Қытай ғалаба хабар...
29/10/2025



Өзбекстанның ЮНЕСКО менен билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларындағы кең көлемли бирге ислесиўи Қытай ғалаба хабар қуралларының дыққат орайында

Қытайдың жетекши туризм басылымы «VICTWO» Өзбекстан жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қўнғиротбой Шариповтың «Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО: Билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўындағы бирге ислесиўдиң жаңа басқышы» атамасындағы мақаласын басып шығарды.

Басылымда бүгинги күнде Өзбекстан халықаралық көлемде билимлендириў, илим, мәденият ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиўди избе-из раўажландырып атырғаны ҳәм бул процессте ЮНЕСКО менен қатнасықлар айрықша орын ийелейтуғыны атап өтилген.

👉 Қытай тилинде оқыў (https://www.victwo.cn/victwo/xinwenzixun/shiguandongtai/780.html )
👉 Инглис тилинде оқыў (https://gov.uz/en/edu/news/view/96689)
👉 Өзбек тилинде оқыў (https://gov.uz/oz/edu/news/view/96689)

Address

Nukus
230101

Website

Alerts

Be the first to know and let us send you an email when Qoraqalpog'iston Respublikasi Oliy ta’lim, fan va innovatsiyalar vazirligi posts news and promotions. Your email address will not be used for any other purpose, and you can unsubscribe at any time.

Share